Жас ѳспирим билим алыўды ҳәм келешеги ҳаққында сѳйлесиўди қәлемей атыр. Не ислеў керек?

Базыда ѳспиримлердиң ериншеклиги тутып, ата-аналары менен ѳзлериндеги машқалалары туўралы сѳйлескиси келмейди ҳәм келешек ҳаққындағы талқылаўлардан ѳзлерин алып қашады. Улыўма алғанда, бул қорқынышлы нәрсе емес. Ѳйткени, бул усы жасқа тән қубылыс. Бирақ үлкенлердиң қәўетерлениўи тийис болған жағдайлар да ушырасады.

Биринши гезекте, ата-ана перзенти менен не болып атырғанын ҳәм ол не себептен ашыўланып сѳйлесиўден бас тартып атырғанын түсиниўи керек. Бул ѳз-ара қатнасықтағы машқалалар себепли ме ямаса травма салдарынан жүз берип атыр ма? Оқыўды екинши мәселеге ысырып, «Қандай да бир нәрсе жүз берди ме? Ѳзиңди кѳптен бери усындай аўҳалда сезинип жүрсең бе?» сыяқлы сораўлардан ибарат ашылысып сѳйлесиўди талап ететуғын мәселелер бойынша исенимге тийкарланған сәўбетлесиў ѳткериң.

Егер перзентиңиз сѳйлесиўди қәлемесе, мәселениң түп-тийкарын ѳз бетиңизше анықлаўға ҳәрекет етиўиңиз мүмкин. Ѳспиримлер ушын тѳмендеги он мүтәжлик қандырылыўы тийис:

  • Итибар ҳәм қоллап-қуўатлаў;
  • Анық белгилеген қағыйдалар (ҳәдден тыс емес) ҳәм шеклеўлер;
  • Турмыс тәжирийбесине тийкарланған ѳсип раўажланыў ҳәм билим алыў;
  • Турмыстағы қызықлы мәўритлер;
  • Заўықланыў;
  • Ҳүрмет етиў ҳәм тутқан орнын тән алыў;
  • Қатар-қурбылары менен қарым-қатнасы ҳәм олар тәрепинен қабылланыўы;
  • Ѳз пикиринде исенимли түрде тура алыўы;
  • Дѳретиўшилик жол менен ишки дүньясын жеткериў ҳәм жеке қәсийетлерин жарытыў;
  • Ѳмирде мақсет қойыў.

Егер перзентиңизде усы кемшиликлерди анықласаңыз, оларды толтырыўға ҳәрекет етиң. Қарым-қатнас жасаў, тутқан орнын тән алыў ҳәм итибар сыяқлы кемшиликлерди ѳз бетиңизше сапластырсаңыз болады. Деген менен, шаңарақтан тыс болған мүтәжликлерге де (ѳзин жарытып бериў ямаса қатар-қурбылары тәрепинен қабылланыўы) ата-аналар тәсир ете алыўы мүмкин.

Дәслеп «Достың дым жаман адам», «Бул топар менен қатнасықты қой», «Социал тармақларда отыра берме, телефоныңды алып қояман» сыяқлы сѳйлемлерден пайдаланыўды тоқтатың. Бул ата-аналар тәрепинен орнатылған қадағалаў болып, ол баланың ѳз қатар-қурбылары менен байланыста болыўына тиккелей тәсир етеди. Егер перзентиңиздиң ѳзи ҳеш ким менен қарым-қатнаста болыўды қәлемесе, оны курслар, балалар лагери, топарлық психологиялық тренинглерге қатнасыўына шақырың.

Егер ата-ана баладағы қәўетерди байқамаса ямаса жағдайды ѳзгерте алмайтуғын болса, дәрҳал қәнигеге хабарласыўы тийис. Перзентиңиз психологқа кѳриниўден бас тартып атырса не ислеў керек? Бундай жағдайда психологқа ѳзиңиз барың. Қәниге сиз арқалы жағдайды үйренип, перзентиңизге қалай жәрдем бериў мүмкин екенлиги туўралы мәсләҳәт береди.

Aldıng’ı