Не ушын балаларды қорғаўды тәмийинлеў зәрүр (2-бѳлим)

Ул ҳәм қыз балаларды ѳз ҳуқықларын дурыс қолланыўда қоллап-қуўатлаў зәрүр. Жас балаларда зорлықтан, эксплуатация и кемситилиўден қорғаў механизмлерин қәлиплестириў зәрүр.

  1. Ҳәр бир баланың шаңарақта ѳсип жетилисиў имканияты болыўы шәрт. Егер шаңарақ балаға күтим кѳрсетиў мүмкиншилигине ийе болмаса, бул машқаланы шешиў бойынша жергиликли ҳүкимет тийисли шаралар кѳриўи керек.
  2. Ҳәр бир бала исим ҳәм пуқаралық алыў ҳуқықына ийе. Туўылғанлығын дизимнен ѳткериў – бул баланы зорлық ҳәм эксплуатациядан қорғаўда әҳмийетли қәдем. Бул, балаға келешекте билим алыў, медициналық, юридикалық ҳәм социаллық хызметлерден пайдаланыў ҳуқықын береди.
  3. Балаларды зорлықтың барлық түринен қорғаў зәрүр. Балаларға жынысый зорлық, олардың үйде, мектепте, жумыста яки басқада жағдайларда эксплутация қылыныўына жол қойылмаўы керек. Балалардың жынысый зорланыўы ҳәм эксплуатация қылыныўының алдын алыў шараларын кѳриў зәрүр. Жынысый зорлық кѳрген ҳәм эксплуатация қылынған балаларға қыстаўлы түрде жәрдем кѳрсетилиўи керек.
  4. Балалар ҳәр бир жағдайда ѳзлерин қәўипсиз сезиўи керек. Балалардың жумыс ислеўи, олардың мектепте оқып билим алыўына кесент етпеўи керек. Балаларды қулшылық, мәжбүрий мийнет, нәшебентлик затларды ислеп шығарыў ҳәм адам саўдасы сыяқлы жумысларға тартыўға болмайды.

Егер балалар жақсы қорғаўда болмаса, олар адам саўдасы қурбанына айланыўы мүмкин. Мәмлекет ҳәм жәмийет адам саўдасын тоқтатыў ҳәм оның алдын алыўға жуўапкер есапланады. Сондай-ақ, адам саўдасы қурбаны болған балаларды олардың қәлеўи менен ѳз шаңарақларына ҳәм жәмийетине қайтарыўда жәрдем кѳрсетиўге жуўапкер.

5. Әдиллик балалар ҳуқықына тийкарланыў керек. Балаларды қамаққа алыў яки арнаўлы мәкемелерге жибериў, тек ғана ең соңғы шара сыпатында белгилениўи керек. Қатал мүнәсибет жағдайына түскен яки жынайый ис гүўасы болған балаларға қыстаўлы түрде жәрдем кѳрсетилиўи зәрүр.

6. Зәрүр болған жағдайларда, балалары мектепке барыўы яки медициналық жәрдем алыўы ушын шаңарақларға жәрдем кѳрсетилиўи зәрүр.

7. Ҳәр бир бала ѳзиниң жасына сай мағлыўматларды алыў, сондай-ақ ѳзине тийисли мәселелерде шешим қабыллаў ҳуқықына ийе.

Бул ҳуқықлардың орынланыўын тәмийинлеў, балалардың зорлық ҳәм эксплуатациядан қорғалыўына, сондай-ақ, пуқаралық жәмийетте белсенди қатнасыўына жәрдем береди.

Aldıng’ı Keyingi