09_AntiDiscrimination.width-360.jpg

Шаңарағыңызды COVID-19дан қалай қорғай аласыз?

Бул жерде инфекциядан қорғаныўға болатуғын айырым сақлық шаралары келтирилген:

  • Қолларыңызды суў менен сабынлап жуўың ямаса спиртли антисептиклер менен тазалаң.
  • Жѳтелгенде ямаса түшкиргенде аўыз ҳәм мурынларыңызды билектиң бүгилген жери ямаса салфетка менен бекитиң. Қолланылған салфетканы дәрҳал таслап жибериң.
  • Сиз бенен екинши адамның арасындағы қашықлық 2 метрден кем болмаўы тийис.
  • телефон, есик тутқалары, гилтлер, электр энергиясы ажыратқышлары ҳәм столдың үстки қатламы сыяқлы адам қолы тез-тез тийип туратуғын орынларды турақлы рәўиште тазалап турың ҳәм дезинфекциялаң.
  • Егер сиз ямаса сизиң балаңызда дене ыссылығының кѳтерилиўи, жөтел, дем алыўдың қыйынласыўы ямаса COVID-19ға тән басқа белгилер пайда болса, медициналық жәрдем алыў ушын хабарласың.
  • Адамлар кѳп жыйналатуғын ҳәм ҳаўа алмасыўы тѳмен болған жабық орынлардан ѳзиңизди аўлақ тутың. Жәмийетлик орынларда адамлар менен аралық қашықлықты сақлаң.
  • Жәмийетлик орынларда ҳәм аралық қашықлықты сақлаў мүмкин болмаған жерлерде маска тағың.

Барлық ишки бөлмелерди жақсылап самаллатып турың.

Aldıng’ı Keyingi