About_COVID-19.width-360.png

COVID-19 дегенимиз не?

2019-жылдың коронавирус кеселлиги (COVID-19) — «CO» корона (қарақалпақ тилинде «таж») деген мәнисти, ал «VI» — вирус ҳәм «D» — кеселлик дегенди билдиреди. Бул кеселлик коронавирустың жаңа штаммы арқалы шақырылады.

COVID-19 кеселлиги қандай белгилерге ийе? Кеселлик белгилери тѳмендегилерден ибарат болыўы мүмкин:

  • Дене ыссылығының кѳтерилиўи
  • Қурғақ жѳтел
  • Дем жетиспеў сезими
  • шаршаў

Жүдә аўыр жағдайларда кеселлик пневмония ямаса дем жетиспеў сезими сыяқлы асқыныўларды шақырыўы мүмкин. Жүдә сийрек жағдайларда кеселлик ѳлим менен жуўмақланыўы мүмкин.

Бул белгилер грипп ямаса аяздың белгилерине жүдә уқсас. Олар COVID-19-ға қарағанда жийи ушырасады. Сонлықтан, наўқаста коронавирустың бар екенлигин тастыйықлаў ушын тест тапсырыў керек. COVID-19 алдын-алыўдың тийкарғы илажлары грипп пайытында исленетуғын илажлар менен бирдей екенлигин есте тутыў әҳмийетли: қолларыңызды жийи-жийи сабынлап жуўың, жѳтелгенде ямаса түшкиргенде билегиңиздиң бүгилген жери ямаса салфетка менен аўзыңызды жабың. Буннан соң пайдаланған салфетканы аўзы бастырылатуғын шығынды шелегине таслаң.

COVID-19 қалай тарқалады?

Тийкарынан вирус кесел адамнан (жөтелиў, түшкириў, сөйлеў, қосық айтыў нәтийжесинде бѳлип шығарылған) ҳаўа тамшылары арқалы жақын әтираптағы адамлардың аўзына, мурнына ямаса көзлерине жуғады. Сондай-ақ, адамлар үстки қатламларға түскен вирусларды услап, буннан соң аўыз, мурын ямаса көзлерине қолларын тийгизсе де кеселлик жуғыўы мүмкин. COVID-19 вирусы үстки қатламларда бир неше сааттан бир неше күнге шекем сақланып қалыўы мүмкин. Деген менен әпиўайы дезинфекциялаўшы қураллар вирусты өлтире алады.

COVID-19 вирусы кеселликтиң белгилери пайда болыўынан алдын да, белгилер басланған дәўирде де жуғыўы мүмкин.

Keyingi