АИВ ИНФЕКЦИЯСЫНЫҢ ДӘСЛЕПКИ БЕЛГИЛЕРИ

АИВ инфекциясының биринши белгилери кеселликти жуқтырғаннан соң еки-тѳрт ҳәптеден пайда болыўы мүмкин. Кѳпшилик инфекцияланған адамларда аяздың белгилери пайда болады: дене ыссылығының кѳтерилиўи, тамақ аўырыўы ҳәм қызарыў, кѳп терлеў, булшық етлердиң аўырыўы ҳәм ҳәлсизлиги, бас аўырыў, бѳртпелер. Бул белгилер ҳәтте кѳринбеўи де мүмкин.

Инфекция иммунитет системасын ҳәлсиреткенлиги себепли, инфекцияланған адамда лимфа түйинлериниң исиниўи, салмақтың кемейиўи, себепсиз дене ыссылығының кѳтерилиўи, диарея ҳәм жѳтел сыяқлы басқа белгилер де пайда болыўы мүмкин.

Кѳпшилик ушын жоқарыдағы белгилер ѳз-ѳзинен жоғалады ҳәм АИВ инфекциясы бир неше жыл даўамында жасырын түрде болады. Айырым АИВ инфекциясы менен кеселленген адамлар 10 жылдан артық ҳеш қандай белгисиз жасаўы мүмкин ҳәм олар күтилмегенде ѳзлериниң кеселликлери ҳаққында лабораторияға барып, хирургия әмелияты ямаса денсаўлығы ҳаққында мәлимлеме алыўға барғанда анықланыўы мүмкин.

Дәслепки басқышларда АИВ инфекциясының бар екенлигин анықлаў жүдә қыйын. Оларды басқа кеселликлер менен аңсат ғана алжастырыў мүмкин. Сол себепли, бул басқыштағы адамлар ең жуқпалы есапланады.

Дәслепки басқышларда АИВ инфекциясының бар екенлигин тек лаборатория тексериўлери жәрдеминде анықлаў мүмкин.

Aldıng’ı Keyingi