АИВ-ның келип шығыў тарийхы
Инсаният АИВ/АИЖС ҳаққында жақында билип алды. АИВ-ның келип шығыўы ҳаққында ҳәр қыйлы гипотезалар бар, бирақ олардың барлығы тийкарсыз болып қалып атыр, себеби олардың ҳеш биринде илимий дәлиллер жоқ.
Ҳәзирги изертлеўшилердиң пикирине қарағанда, АИЖС кеселлик ретинде 1950-1970 жылларда пайда болған. АИЖС вирусы қай жерден келип шыққаны да белгисиз ҳәм ол ҳәр түрли тартысларға себеп болып атыр:
Илимпазлардың бир топары вирус Орайлық Африкада, басқасы АҚШта, ал үшиншиси Гаити атаўында пайда болған деп есаплайды.
АИЖС менен кеселленгенлиги тастыйықланған биринши адам Конгоның (Африка) шетки аймағында жасаған. Оның қан анализи усы күнге шекем сақланып қалған. Айырым усынысларға бойынша, оны маймыл тислеп алған ямаса маймыл гѳшин туўрағанда қолын кесип алған ҳәм ол басқа адамларға вирусты жуқтырған.
Ҳәзирги ўақытта АИВ инфекциясын қоздырыўшысы ретинде мәлим болған вирус 1983-жылы француз алымы Люк Монтан тәрепинен анықланған ҳәм лимфоаденопатик вирус деп аталған.
Буны билмеген ҳалда, 1984-жылы америкалы алым Роберт Галло да кеселликти қоздырыўшы- вирусты тапқаны ҳаққында хабар берди ҳәм оны III тип инсан Т-лимфотроп вирусы деп атады.
Кейинирек, бул еки вирус бирдей дүзилиске ҳәм қәсийетлерге ийе екенлиги анықланды ҳәм бул вирусқа 1985-жылы улыўма ат берилген - АИВ - яғный "адам иммунитети жетиспеўшилиги вирусы" (АИВ).