АИВ ҚАЛАЙ ЖУҒАДЫ?
АИВ инфекциясын қалай жуқтырыўы мүмкин?
АИВ тѳмендеги биологиялық элементлер арқалы жуғады:
- қан;
- сперма;
- қын суйықлығы;
- ректум (жуўан ишек) суйықлығы ҳәм
- ана сүти.
АИВ-ға шатылған адамлар вирус пенен кеселленгенлигин сезбейди. Гейде инфекциядан соң бир неше ҳәпте ѳтип, гриппке уқсас жағдай раўажланыўы мүмкин (дене ыссылығының кѳтерилиўи, тери таспасы, лимфа түйинлериниң исиниўи, диарея).
АИВ менен кеселленген адам кѳп жыллар даўамында ѳзин дени саў сезиўи мүмкин. Бул дәўир кеселликтиң жасырын (латент) дәўири деп аталады. Бирақ бул дәўирде денеде ҳеш қандай ѳзгерислер жүз бермейди деп шамалаў қәте.
АИВ инфекциясы менен кеселленген адамның денесинде кеселлик белгилери болмаса да, ол басқалар ушын қәўипли есапланады, яғный басқа саў адамларға АИВ жуқтырыўы мүмкин. Сол себепли тесттен ѳтип, АИВ жағдайын анықлаўыңыз орынлы.
Мәмлекетимиздеги барлық емлеў-профилактика мәкемелеринде АИВ-ға тест тапсырыўға болады.