Гипер-ғамхорлық дегенимиз не - «ғамхорлық» зыян келтиргенде

Перзент тәрбиясы ҳәр бир ата-ана ушын машақатлы ҳәм жуўапкерли ис. Деген менен бул исти қалайынша дурыс орынлаўды ҳәммемиз де биле бермеймиз. Ата-аналар ѳз перзентлери ушын ең жақсысын қәлейди, олар баланы ҳәр қыйлы бәлелерден қорғаўға ҳәрекет етеди. Бирақ, айырым ата-аналар ушын ѳз перзентин барлық қыйыншылықлар, машқалалар ҳәм қәўип-қәтерлерден қорғаўдан қәлеўи (кѳбинесе шын мәнисте емес) барлық шегаралардан шығып, шеннен тыс қорғаўға алып келеди.

Гипер ғамхорлық ("гипер" сѳзинен - норма ямаса ѳлшемнен асып кетиў) тек ғана бала ушын ҳәдден тыс күтим емес, ал ҳәдден тыс қадағалаў да болып табылады, бунда ата-ана бала ушын ҳәмме затты шешетуғын болады: бала нени ислеўи, қандай ҳәм қашан ислеў керек, қашан аўқатланыўы, сѳйлеўи. Ҳәдден тыс ғамхорлық күтимге уқсап кѳринсе де, тийкарынан олай емес, себеби бул баланың бийғамлығы менен байланыслы емес, ал ата-аналардың қәтержамлығы менен байланыслы.

Ҳәдден тыс ғамхорлық кѳрсететуғын ата-аналар әдетте манипуляция ислеп, талап етип, буйрық берип ямаса абай етип баланың тилегин итибардан тыста қалдырады ҳәм перзентлери ушын барлық шешимлерди ѳзлери қабыллайды. Усылай етип, гипер ғамхорлық зорлықтың бир түри болып табылады.

Назад