Жынысый жетилисиў дегенимиз не ҳәм бул дәўирде денемизде қандай ѳзгерислер жүз береди?

Жынысый жетилисиў - бул балалар үлкейгенинде жүз беретуғын физикалық ҳәм эмоционаллық ѳзгерислер дәўири. Қызларда жынысый жетилисиў әдетте ер балаларға қарағанда (9 жастан 14 жасқа шекем) ерте (7 жастан 12 жасқа шекем) басланады. Деген менен жынысый жетилисиў дәўири ҳәр кимде ҳәр қыйлы ўақытта кешетуғынын есиңизде тутың.

Айырым балалар ушын бул қубылыс ерте жүз береди, ал басқалары ушын кѳбирек ўақыт талап етиўи мүмкин. Бой жетиў жағдайы инсан организмин ѳзинен урпақ қалдырыўға таярлаў ушын жүз береди. Усылай етип, инсаният ѳз тиришилигин даўам етеди!

Бой жетиў дәўиринде мийдиң гипоталамус ҳәм гипофиз деп аталатуғын еки бѳлеги кѳбирек гормонлар ислеп шығара баслайды. Гормонлар химиялық элементлер болып, олар организмде дәнекер хызметин атқарады ҳәм инсан денесинде ѳзгерислер пайда етеди.

Keyingi