Жынысый жетилисиў дәўиринде денеде қандай ѳзгерислер жүз береди?
Келиң, жынысый жетилисиў дәўиринде балалар қандай ѳзгерислерди бастан кеширетуғынлығын кѳрип шығайық.
Қыз балаларда
- Кѳкирек безлери ѳсип баслайды
- Қын ажыратпалары бѳлинип шыға баслайды
- Жанбас ҳәм санлары ѳсе баслайды
- Қынның кѳринисинде ѳзгерислер пайда болыўы мүмкин
Ер ҳәм қыз балалардың екеўинде де
- Эмоциялар ҳәм сезимлер күшли болып кѳриниўи мүмкин
- Мий жақсырақ ойлап ҳәм түсиниў ушын раўажлана баслайды
- Дыққат-итибарды алыўға қаратылған мейиллик пайда болады
- Бойы ѳсе баслайды
- Териниң майлылығы артып, жүзинде безеўлер пайда болыўы мүмкин
- Кѳп терлейди, организм ѳзине тән ийис пайда етеди
- Денеде түклер ѳсип баслайды: жүзинде, қолтықта, аяқларында ҳәм шатта түклер пайда бола баслайды.