НЕ УШЫН АИВ-ға ТЕКСЕРИЛИЎ КЕРЕК?

Ҳәр бир инсан үзликсиз түрде АИВ-ға тесттен ѳтиўи керек. АИВ менен кеселленген кѳплеген адамлар ѳзлериниң жағдайын билмейди. Солай етип, кеселликке тексерилиў бул саламат ҳәм узақ турмыс кешириўдиң дәслепки қәдеми болып табылады. АИВ-ның бар екенлигин билиў еки зәрүрли аспектке ийе.

Бириншиден, егер адам АИВ менен кеселленген болса, ол дәрҳал узақ жылға ѳмирин узайтатуғын емлениўди баслаўы мүмкин.

Екиншиден, аўырыўды жуқтырған адам жағдайды билип, АИВ инфекциясы тарқалыўының алдын алыў ушын барлық зәрүр шараларды кѳриўи мүмкин.

Aldıng’ı Keyingi