Репродуктивлик ҳуқық дегенимиз не?
"Репродуктивлик ҳуқықлар" (РҲ) түсиниги деген бар - бул ер адамлар ҳәм ҳаяллардың ѳзлериниң репродуктив саламатлығы, сондай-ақ балалардың туўылыўы, олардың туўылыў ўақыты ҳәм туўылыў ортасындағы ўақыт аралығы ҳаққында еркин ҳәм бийғәрез қарар қабыллаў ҳуқықы болып табылады. Соның менен бирге, буған усы мәселелерге тийисли мағлыўматлар алыў ҳуқықы да жатады.
Репродуктивлик ҳуқықлар:
- Ҳаяллар ҳәм ерли-зайыплардың шаңарақтағы балалар саны ҳаққында қарар қабыллаў ҳуқықы;
- Балалардың туўылыўы арасындағы интервалды таңлаў;
- Репродуктив саламатлық ҳаққында мағлыўмат алыў;
- Репродуктив саламатлық саласында ҳуқық ҳәм мәплерин шеклеўден еркин сапалы хызметлерди алыў;
- Жынысый жоллар арқалы жуғатуғын кеселликлерден қорғаныў, АИВ инфекциясы ҳәм АИЖСдан қорғаныў.