Үй шәраятындағы (ямаса турмыстағы) зорлық дегенимиз не?
Бир адамның екинши адамға қарата, яғный ол ҳәзирде ямаса илгериде шаңарақ, интимлик ямаса усыған уқсас мүнәсибетте болған инсанға физикалық, жынысый, психологиялық ямаса экономикалық тәрептен зорлық кѳрсетиўге абай етиўи ямаса ислеўи. Бул күш ислетиў, қадағалаў, қорқытыў, қәўетер сезимин оятыў мақсетинде тез-тез тәкирарланатуғын физикалық, вербал (аўызша), психикалық ҳәм экономикалық зорлық цикли болып табылады. Булар бир инсан екинши инсанның ҳәрекетлери менен сезимлерин басқаратуғын ямаса бақлаўға урынатуғын жағдайлар болып табылады.