Ҳуқықый саўатлылық дегенимиз не?
Мәлим болғанындай, қәўипсизликти тәмийинлеў ушын ҳәр қандай ҳуқықбузарлықлар менен жынаятларға қарсы нәтийжели гүресиўде ҳәр биримизге биринши нәўбетте хабардарлық ҳәм ҳуқықый саўатлылық зәрүр. Адам саўдасы сыяқлы ѳткир глобал машқала ҳаққында айтқанымызда, ҳуқықый саўатлылық бѳлек әҳмийетке ийе.
Нызамшылығымызда адам саўдасы менен байланыслы жынаятлар ушын қандай жазалар нәзерде тутылғанын билиў әҳмийетли. Бул Ѳзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 135-статьясында кѳрсетилген:
135-статья. Адам саўдасы
адамды алып-сатыў яки адамды эксплуатация қылыў мақсетинде жаллаў, тасыў, тапсырыў, жасырыў яки қабыл қылыў,
— үш жылдан бес жылға шекем азатлықтан айырыў менен жазаланады.
Соның менен бирге:
а) урлаў, зорлық кѳрсетиў ямаса зорлық кѳрсетиўди абай етип қорқытыў ямаса мәжбүрлеўдиң басқа формаларын қоллаў арқалы;
б) еки ямаса оннан кѳп шахсқа қарата;
в) тѳмен аўҳалда екенлиги айыпкерге аян болған шахсқа қарата;
г) айыпкерге материаллық ямаса басқа тәрептен ғәрезли болған шахсқа қарата;
д) тәкирар ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;
е) бир топар шахслар тәрепинен алдыннан тил бириктирип;
ж) хызмет жағдайын пайдалана отырып;
з) жәбирлениўшини Ѳзбекстан Республикасының Мәмлекет шегарасынан алып ѳткен ҳалда ямаса оны сырт елде нызамға қайшы түрде услап турғанда;
и) қәлбеки ҳүжжетлерден пайдаланған ҳалда, тап соның менен бирге жәбирлениўшиниң шахсын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлерди алып қойған, жасырған ямаса жоқ етип жибергенде;
к) адам ағзаларын кесип алып, басқа кисиге кѳшириў (трансплантат) мақсетинде әмелге асырылған болса, — бес жылдан сегиз жылға шекем азатлықтан айырыў менен жазаланады.
Усы ҳәрекетлер:
а) он сегиз жасқа толмағанлығы айыпкерге аян болған шахсқа қарай әмелге асырылған болса;
б) жәбирлениўшиниң ѳлимине ямаса басқа аўыр ақыбетлерге себеп болса;
в) оғада қәўипли рецидивист тәрепинен әмелге асырылған болса;
г) тил бириктирген топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гѳзлеп әмелге асырылған болса, — сегиз жылдан он еки жылға шекем азатлықтан айырыў менен жазаланады.