Гендерлик паритет дегенимиз не?

Гендерлик паритет (латын тилинен paritas теңлиги) – теңлестирилген, яғный ер адамлар менен ҳаяллардың бийликке ҳәм турмыстың барлық салаларында (сиясий, экономикалық ҳәм социаллық) шешимлер қабыллаўға бирдей, тең қатнасыўы жыныслар арасындағы теңликтиң тийкарғы шәрти болып табылады. Сиясий-экономикалық институтлардың теппе-теңлик дәрежеси ҳәзирги ўақытта еллердиң демократиялық кѳрсеткиши болып саналады ҳәм бул дереклер кѳплеген халықаралық индекслерге енгизилген.

Глобал кѳлемде ер адамлар сиясатта ҳаялларға қарағанда кѳбирек қатнасады ҳәм лаўазымларды ийелейди ҳәм экспертлердиң пикири бойынша, басқа барлық кәсиплер арасында сиясат гендер теңлигине ерисиўде еле жүдә алыста деп санайды. Усылай етип, Global Gender Gap есабатына қарағанда, егер сиясий ўәкилликтеги гендер теңлигиниң ѳзгерис дәрежеси ҳәзирги дәрежеде сақланып қалса, дүньяда гендер теңлигине ерисиў ушын орташа 95 жыл, ал билимлендириў саласындағы гендер теңлигине ерисиў ушын 12 жыл керек болады.

Aldıng’ı Keyingi