Дүньяда имканияты шекленген адамлар туўралы қандай мағлыўматлар бар?
Жәҳән денсаўлықты сақлаў шѳлкеминиң (ЖДСШ) 2021-жылғы мағлыўматлары бойынша:
- дүньяда 1 миллиардтан аслам адам (дүнья халқының 15% ямаса ҳәр бир жетинши адам) майыплықтың қандай да бир түрине ийе;
- 100 миллионнан аслам майыплар — балалар;
- 15 жастан асқан 190 миллион майып адамлар (3,8%) жумыс ислеўде айтарлықтай қыйыншылықларға дус келеди ҳәм турақлы медициналық күтимге мүтәж;
- Майыплардың 80% раўажланып атырған еллерде жасайды;
- Майыплардың 46%-ы 65 ҳәм оннан жоқары жастағы адамлар;
- Майыплардың 50 % медициналық жәрдемге ғәрежети жоқ;
- имканияты шекленген адамлар зорлыққа 4-10 есе жийи ушырайды.