Ер бала гигиенаны сақлаў ушын не ислеў керек?

Ѳспиримлик дәўирде эндокрин система актив түрде қайта қурыла баслайды, ҳәрекет ҳәм нейропсихикалық активлик күшейеди, ал бул ѳз гезегинде зат алмасыўдың күшейиўине алып келеди. Жынысый гормонлар, басқа ѳзгерислер менен бирге, май безлериниң жумысын асырады – ѳзине тән ер адам ийиси пайда болады, безеўлер пайда болыўы мүмкин. Әйне усы жаста дене функцияларының оптимал жағдайын сақлап қалыў ушын жигитлер жеке гигиенаны жақыннан сақлап барыўы керек.

  • Әлбетте, ѳспиримниң балалықтан бери әмел еткен қағыйдаларынан баслаў керек: ҳәр күни тислерди тазалаў, шашларды тараў, жуўыныў, қол жуўыў. Оларға әмелге етиўин еслетип турыў артықша болмайды.
  • Күнине еки рет жүзлерди жуўыў тийис. Соны есте тутыў керек, ѳспиримлик дәўирде безеўлердиң пайда болыўы жийи ушырасатуғын жағдай ҳәм безеўлер жаман гигиенаның белгиси бола бермейди. Тери түрин анықлаў ҳәм медициналық ҳәм косметика ѳнимлерин таңлаў ушын дерматологқа кѳриниў мақсетке муўапық болады.
  • Жуўыныўға арналған гигиеналық затлар (сабын, душ гели) менен күнделикли душ ямаса ванна қабыллаў тек ғана жағымсыз ийислерди сапластырыў ушын емес, ал теридеги патогенлердиң кѳбейиўине жәрдем беретуғын артықша май ҳәм терден қутылыўға жәрдем береди. Суў температурасы жүдә ыссы болмаўы керек, оптимал 36 - 38 °С. Буннан тысқары, контрастлы душ қабыллаўыңыз мүмкин - бундай душ шаршаў сезиминен қутылыўға жәрдем береди ҳәм инсанға күш бағышлайды.
  • Шаш ҳәм териге күтим кѳрсетиў. Ѳспирим денесиниң барлық системалары (сондай-ақ май безлери) қайта тикленип, активлеў ислейтуғынлығы себепли, бул жүз ҳәм бас терисиниң жағдайына тәсир етиўи мүмкин: олар майлы болады. Сол себепли, егер балалығыңызда ҳәптеде бир рет шашыңызды шампунь менен жуўыў жеткиликли болған болса, енди оны тез-тез жуўыўыңыз мүмкин.
  • Душқа ямаса ваннаға түскенде, жыныс ағзасының бас терисин жыллы суў менен жуўыўды умытпаң. Жыныс ағзасында ақ қатлам (смегма) пайда болыўы мүмкин, ол сүннет териси безлериниң секрециясынан ибарат болады.
  • Егер ҳәр күни душ қабыллаўдың илажы болмаса, ол ҳалда жыныс ағзасын ҳәр күни жатыўдан алдын жыллы суў ҳәм сабын менен жуўыў керек, бунда сүннет терисин изге тартып, смегманы алып таслаў керек, болмаса исиниў процеси раўажланыўы мүмкин.;
  • Айырым халықларда ул балаларды сүннетке отырғызыў әдетий ҳал болып табылады, бирақ бул гигиена процедураларына болған мүтәжликти тоқтатпайды.
  • Жынысый гигиена талапларынан бири қолтық асты ҳәм жыныс ағзасы әтирапындағы түклерди тазалаў болып табылады.
  • Күшли терлеўге қарсы терлеўди азайтатуғын ямаса тер ийисин жоғалтатуғын дезодорантлардан пайдаланыў усыныс етиледи.
  • Кийим мәўсимге ҳәм ықлым шәраятына сәйкес болыўы, дем алатуғын болыўы керек. Териниң қоршаған орталық пенен ыссылық ҳәм суў алмасыўында актив қатнасатуғыны бизге белгили ҳәм ѳспиримлик дәўирде бул процесслер және де күшлирек болады. Кийимлер бундай алмасыўларға жасалма тосық болмаўы керек.
  • Басқа талаплар қатарында, ҳәрекетти шеклемейтуғын еркин ҳәм қолайлы кийимлерди кийиў, сондай-ақ, жасалма гезлемеге қарағанда тәбий гезлемелерден пайдаланыў сыяқлы фактларды атап ѳтиў орынлы.
  • Дурыс аяқ кийим таңлаў әҳмийетли болып табылады. Ол кең ҳәм қолайлы болып, аяққа бийиклиги жағынан да шап-шаққана түсиўи тийис.
  • Жағымсыз ийислерди, сондай-ақ, аяқ ҳәм тырнақлардың терисине пилисли ямаса бактериал зыян жеткермеў ушын имканы барынша тез-тез аяқ кийимди ѳзгертиўиңиз керек. Ҳѳл аяқ кийимлерди жақсылап қурғатыў тийис.
  • Носки ҳәм ишки кийимлерди ҳәр күни ѳзгертиў керек.
Aldıng’ı Keyingi