Жер жүзи бойынша зорлық ҳаққындағы мағлыўматлар қандай?
БМШ мағлыўматларына қарағанда:
- 2018-жылы дүньяның 148 мәмлекетинде 50 000 ға жақын адам саўдасы қурбаны анықланған ҳәм дизимге алынған.
- Адам саўдасы қурбанларының улыўма санының ишинде ҳаяллар 46%, ал қызлар 19% қурайды;
- Жынысый эксплуатация ең кең тарқалған эксплуатация формасы (50%) болып, оннан соң мәжбүрий мийнет (38%) болып табылады.
- Дүнья масштабында табылған ҳәр үш жәбирлениўшиниң бири балалар.
- Соңғы 15 жыл ишинде анықланған адам саўдасы қурбанлары арасындағы балалар үлеси үш есеге, ал ул балалар үлеси 5 есеге артты.