ИММУНИТЕТ ДЕГЕНИМИЗ НЕ?

Иммунитет - латынша "immunitas" - қутылыў, тазалаў сѳзинен келип шыққан. Иммунитет - бул инсан организмин сыртқы орталық тәсиринен ҳәм организмге жат биологиялық элементлерден қорғаў қәбилети.

Иммун системасы тѳмендеги жағдайларда организмди қорғаў ушын гүреседи:

  • Жуқпалы кеселликлердиң патогенлерине (бактериялар, вируслар, риккетсия ҳәм басқалар) қарсы;
  • Ҳәр қыйлы токсинлерге қарсы;
  • Мутацияға ушыраған ѳсимте клеткаларына қарсы;
  • Ҳәр қыйлы паразитлерге қарсы (аскарида, эхинококкоз ҳ.т.б.).

Егер сыртқы орталықтан инсан денесине бактерия, вирус ҳәм қандай да жат элементлер кирсе, иммун системасының клеткалары оларға қарсы гүресе баслайтуғыны бизге мәлим. Адам иммунитети жетиспеўшилиги вирусы әйне сол иммун клеткаларына зыян жеткереди, нәтийжеде иммунитет жетиспеўшилиги ҳәм организмниң түрли бактериялар, вируслар менен гүресиў қәбилети пәсейеди. Мысалы: грипп вирусы дем алыў жолларының клеткаларын зыянлайды, ал адам иммунитети жетиспеўшилиги вирусы иммунитет клеткаларына зыян жеткереди.

Не ушын адам иммунитети жетиспеўшилиги вирусы денеде қалады ҳәм иммунитет клеткалары оған қарсы гүресе алмайды? Келиң, буны түсиниўге ҳәрекет етейик.

Грипп вирусы инсан денесине кирип, клетканы жаўлап алады (үшинши ықтыярлы клеткаға киреди), усылай етип иммун клеткалары (антиденешелер) оларды байқамайды. Иммун клеткасы зыянланған клетка менен бирге инфекцияны жоқ етеди ҳәм сапластырады. Солай етип, грипп вирусы денеден жүдә кѳп зәлел жеткерместен шығарылады.

Енди адам иммунитети жетиспеўшилиги вирусы қандай ҳәрекет етиўин кѳрип шығайық. АИВ денеге киреди. Ол лимфоцит деп аталатуғын клетканы табады - оның үстки қатламында СД-4 рецепторлары болады - вирус оған беккем орналасады ҳәм оны найшалары менен ашады. Вирус ҳәм клетка мембраналары бирлеседи ҳәм вирустың генетикалық материалы клетка ишине киреди. Бундай ҳалда, АИВ иммун системасының клеткалары ушын кѳринбес ҳалға келеди. Денешелер "душпан" қай жерде екенлигин түсине алмайды. АИВ клетканың структуралық бѳлимлери жәрдеминде кѳбейе баслайды. Клетка жемириледи ҳәм таўсылады, бирақ вирус актив болып қалады ҳәм басқа клеткаларды жаўлап ала баслайды.

Aldıng’ı Keyingi