Репродуктив саламатлық дегенимиз не?

Репродуктив саламатлық- баланың туўылыўына қатнасатуғын ер адам менен ҳаялдың физикалық, психикалық саламатлығы ҳәм абадан турмыс жағдайы болып табылады.

“Репродукция” – латын тилинен алынған болып “re” – қайта тиклеў, кѳбейтиў, “producto” – пайда етиў, жаратыў дегенди билдиреди. Репродукция – биологияда ѳзине уқсас организмди жаратыў, ѳзине уқсас организмди қайталаў, кѳбейтиў дегенди аңлатады.

Репродуктив саламатлық (РС) тек ғана репродуктивлик система ҳәм оның искерлиги менен байланыслы барлық мәселелерде кеселликлер ҳәм кемшиликлердиң жоқ екенлиги туўралы емес, ал толық физикалық, интеллектуаллық ҳәм социаллық жетиклик жағдайы болып табылады.

Негизинде, репродуктив саламатлық машқаласына ҳаяллардың да, ер адамлардың да саламатлығы жатады.

Aldıng’ı Keyingi