Депрессиядан шығыў: Жас өспиримлерге әпиўайы мәсләҳәтлер
Депрессия — бул мәзи жаман кейпият яки ўақтыншалық уўайым-қайғы емес. Бул жағдай узақ даўам етиўи ҳәм толық өмир кешириўимизге тосқынлық етиўи мүмкин. Оның дәслепки басқышларында психологлардың айырым әпиўайы мәсләҳәтлерине әмел етиў жәрдеминде кейпияттың түскинлигин еркин рәўиште жеңип өтиўиңиз мүмкин.
Жақсы кейпиятты қоллап-қуўатлаўдың 5 усылы
Егер депрессия жүдә аўыр болмаса, оны өзиңиз жеңип өтиўге ҳәрекет етиўиңиз мүмкин. Төменде кейпиятты жақсылаўға жәрдем беретуғын бир неше усыллар келтирип өтилген.
Спорт пенен турақлы шуғылланың. Дене тәрбиясы искерлиги кейпиятты жақсылаўдың әжайып усылы болып саналады. Спорт пенен шуғылланғаныңызда, организмде "бахыт гормонлары" — эндорфинлер ислеп шығарылады. Йога, аяқ ойын яки актив сейил етиўде аўҳалымызды жақсылаўы мүмкин. Ҳәр күни 30 минуттан дене тәрбиясы шынығыўларын орынлаўға ҳәрекет етиң.
Сейил етиң ямаса досларыңыз бенен айланып келиў ушын үйден шығың. Ҳәттеки киши саяхатлар, жаңа орынларға барыў, таза ҳаўада сейил етиў яки жаңа тәсирлер артыўы да жәрдем бериўи мүмкин. Өзиңизге унамлы инсанлар қоршаўында болың ҳәм жалғыз қалмаўға ҳәрекет етиң.
Meдитация ямаса басқа дем алыс усылларын сынап көриң. Meдитация пикирлерди тынышландырыўға ҳәм тынышланыўға жәрдем береди. Сондай-ақ, арт-терапия( мәселен, сүўрет салыў), массаж яки өз-өзиңизге ғамқорлық етиўдиң басқа усылларын сынап көриўиңиз мүмкин, олар стрессти азайттырады.
- Өзиңизге ғамқорлық етиң. Өзимизди жаман сезген пайытта сыртқы көринисимиз әҳмийетсиздей түйилиўи мүмкин. Бирақ, егер өзиңизге итибар қарата алсаңыз, бул кейпиятты жақсылаўы мүмкин. Әпиўайы усыллар— жуўыныў, шашыңызды жағымлы түрде тараў яки унатқан кийимиңизди таңлаў — унамлы тәсир көрсетиўи мүмкин.
- Дурыс аўқатланың. Ҳәттеки иштейиңиз жоқ болса да, аўқатланыўды өткерип жибермеў керек. Mийўeлер ҳәм палыз өнимлеринде бар болған микроэлементлер улыўмалық жағдайды жақсылаўға ҳәм иммунитетти қоллап –қуўатлаўға жәрдем береди.
Eслетпе! Егерде сиз жаман кейпиятта яки түскинлик жағдайында болсаңыз, әҳмийетли қарарларды қабылламаған мақул болады — себеби, бул пайыттағы пикирлеўиңиз анық болмаўы мүмкин ҳәм бул қарарлар келешекте сизиң зыяныңызға ислеў итималы бар. Ҳәзирги пайытта өзиңизди жақсы сезбей атырған болсаңыз, қарарларды кейинирекке қалдырың.
Егер сиз жағдайыңыз жақсыланбай атырғанлығын, жақсы көретуғын шынығыўларыңыз да сизди қуўандырмай атырғанлығын сезип атырған болсаңыз ҳәм турақлы түрде уйқылаў ямаса жалғыз қалыўды қәлесеңиз, бул стресс яки депрессияның басланғыш белгиси болыўы мүмкин. Бундай пайытта сиз жақын туўысқанларыңыз ямаса исенимли жасы үлкенлерден қоллап-қуўатлаўын сораўыңыз керек. Егерде бул да жәрдем бермесе ҳәм өз жағдайыңыз еле де жаманласып атырғанын сезсеңиз, мектеп психологына мүрәжат етиң.