перхоть.jpg

Не ушын кѳзәйнек тағыўдан тартынбаў керек?

Кѳпшилик кѳриў қәбилети тѳмен адамлар кѳринисимди бузады яки әтираптағылар күледи деген ой менен кѳзәйнек тағыўға тартынады. Негизинде, кѳзәйнеклер адамның жеке ѳзгешелигин кѳрсетип, жүз кѳринисине қосымша шырай бериўши аксессуар есапланады.

Кѳзлери ҳәм қаснағының формалары туўры таңланған кѳзәйнеклер адамның тәкирарланбас образын жаратыўға жәрдем береди. Кѳзәйнекти таңлағанда тек ғана оның қолайлылығын емес, ал оның жүзиңиздиң формасына, тери реңине, шаш ҳәм кѳз реңлерине сай келиўин де итибарға алың.

Психологлардың анықлаўынша, кѳзәйнек таққан адамларға кѳбирек исеним билдириледи. Сондай-ақ, кѳзәйнеклер интеллектуал адам образын да жаратады. Сонлықтан, айырым адамлар ѳзлерине қаснағы шырайлы, бирақ әпиўайы кѳзлерге ийе кѳзәйнеклер буйыртпа қылады.

Ең баслысы – кѳзәйнеклер адам ѳмириниң сапасын сезилерли дәрежеде асырады. Кѳриў қәбилетимиз тѳмен болғанда, бәрқулла кѳзлеримизге кѳп күш түсетуғынлығын ѳзлеримиз сезбеймиз. Буның салдарынан бас аўырыўы ҳәм шаршаў пайда болып, кѳриў қәбилети еле де тѳменлеп баслайды.

Кѳзәйнеклер бул машқалаларды шешиўге ҳәм қоршаған орталықты толық нәзер менен кѳрип баслаўға жәрдем береди. Ѳзиңди бундай ләззетлерден айырыўға ҳеш нәрсе себеп бола алмайды!

Aldıng’ı