Чемпион сыяқлы уйқылаң: саламатлық ушын әпиўайы мәсләҳәтлер
Сиз уйқы саламатлық ушын жүдә әҳмийетли екенлигин бир неше мәртебе еситкен болсаңыз керек, лекин, неге бул усындай екенлигин түсинесиз бе? Уйқы тек ғана өзиңизди жақсы сезиниўге жәрдем береди, бәлким оқыў ҳәм спорттағы нәтийжелериңизди де жақсылайды. Келиң, уйқы не ушын әҳмийетли ҳәм оны қалайынша жақсылаў мүмкиншилиги туўралы сөйлесемиз.
Уйқы организмимизге өзин жақсырақ сезиниўге жәрдем береди
Мазмунлы ҳәм эмоцияларға толы күннен кейин организм тиклениўи ушын 8-10 саат уйқылаў керек. Егер сиз көбирек яки кемирек уйқыласаңыз, өзиңизди жаман сезиниўиңиз мүмкин. Бул не ушын әҳмийетли?
- Уйқы даўамында организм энергия ҳәм клеткаларды тиклейди. Бул дене тәрбиясы сабақлары яки шынығыўларынан кейин тезирек тиклениўге жәрдем береди.
- Уйқы гормонлар дәрежесин қадағалаўға жәрдем береди. Мысалы, уйқы даўамында өсиў гормоны ислеп шығарылады, ол мускулларды қоллап-қуўатлайды ҳәм денениң өсиўи ҳәм де беккемлениўине жәрдем береди.
- Уйқы жетиспеўшилиги кортизол — стресс гормоны дәрежесин асырады. Егер бул гормон көп болса, салмақ артыўы ҳәм турақлы түрде шаршаў, зорығыў сезими пайда болыўы мүмкин.
- Уйқысызлықда иштей ашылыўы мүмкин, себеби, организм энергия жетиспеўшилигин қаплаўға умтылады. Бул артықша аўқатланыў ҳәм май топланыўына алып келиўи мүмкин.
Mәсләҳәт. Ҳәр күни бир ўақытта уйқылаў ушын жатыўға ҳәм ояныўға ҳәрекет етиң. Бул денеңизди турақлы режимге үйрениўге ҳәм өзиңди жақсырақ сезиниўиңе жәрдем береди.
Уйқы руўхыңды турақластырыўға жәрдем береди.
Уйқысыз өткен түннен кейин сабақларда дыққат-итибарды топлаў ямаса мағлыўматларды еслеп қалыў қыйын болыўын байқаған болсаңыз керек. Буның себеби, уйқылаў пайытында мий күн даўамында үйренген барлық мағлыўматларды қайтадан ислеп шығады.
. Уйқы есте сақлаўды жақсылайды. Қаншама көп уйқыласаңыз, жаңа нәрселерди соншама жақсы еслеп қаласыз.
- Жақсы уйқылағаныңызда, қарар қабыл етиў аңсатласады. Уйқы жетиспеўшилиги ўазыйпаларды шешиў қәбилетине унамсыз тәсир етиўи мүмкин.
- Уйқы тәшўиш ҳәм стрессти жеңиўге жәрдем береди. Аз уйқыласаңыз, жағымсызлық ҳәм тынышсызланыў сезими артады.
- Mәсләҳәт. Егер сабақларда дыққат-итибарыңыз төменлеп яки кейпиятыңыз жаманласып атырғанын сезсеңиз, көбирек уйқылаўға ҳәм турақлы уйқы режимине әмел етиўге ҳәрекет етиң. Бул мийиңиздиң нәтийжели ислеўине жәрдем береди.
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)