Қалайынша өзине болған исенимди раўажландырыў мүмкин? (1-бөлим)
Өзине болған исенимди беккемлеўдеги биринши қәдем — қәтелерди әўметсизлик деп емес, бәлким үйрениў имканияты деп қабыллаўды үйрениў деп саналады. Егер бир нәрсе әмелге аспаса, бул сизиң басқалардан артта екенлигиңизди аңлатпайды. Керисинше, қәтелер сизди күшлирек етеди ҳәм ҳәр сапары тағы урынып көргениңизде – мақсетлериңизге жетисиўде тәжирийбели боласыз.
Әмелият та үлкен әҳмийетке ийе. Қаншама көп тәкирарласаңыз, шынығыў ислесеңиз – соншама исенимли боласыз. Бул оқыў, спорт яки басқа көнликпелерге де тийисли. Тапсырмаларды жақсырақ орынлай баслаўыңыз бенен өзиңизге исеним де артып бара береди.
Өзиңизге исенимди беккемлеў ҳәм буллингке шыдам бериў ушын төмендеги сыпатларды раўажландырыў әҳмийетли:
- Өзиңизге исеним. Өзиңизге: “Meн буны қабыл ете аламан” деп айтып турың. Қыйыншылықларға дус келгенде де өз күшлериңизге исениң. Мысалы, биреў Сизге азап беретуғын сөз айтқан болса, өз табысларыңызды ямаса жақсы әмелге асырған жумысларыңызды еслеп көриң. Ҳәр күни киши жеңислериңизди жазып баратуғын “жеңислер күнделигин" жүргизиў де өзиңизге исенимди раўажландырыўға жәрдем береди.
- Moтивация. Қандайда бир нәрсени орынлай алмаған болсаңыз да, жеңилгениңизди мойынламаң. Мысалы, баҳаларыңызды жақсылаўға ҳәрекет етип атырған болсаңыз, лекин, ҳәмме нәрсе де аңсат орынланбаса, жеңилгениңизди мойынламаў әҳмийетли болады. Өзиңизге бул неге әҳмийетли екенлигин еслетип турың — бәлким бул әрманыңызға ерисиў яки жақсы университетке кириў ушын керек болады.
- Өз алдыңызға қойған миннетлемелер. Режеңизге әмел етиң ҳәм қыйыншылықлар алдында тоқтамаң. Мысалы, егер спорт пенен шуғылланыўға қарар еткен болсаңыз, зәрүрлиги болмаған күнлерде де кеминде пияда сейил етиң. Бул ерк-ықрар күшин беккемлеўге ҳәм усы әдетти қәлиплестириўге жәрдем береди. Бул болса өзиңизге исенимиңизди асырыўға унамлы тәсир етеди.