01.Mental Health-13

Қалайынша өзине болған исенимди раўажландырыў мүмкин? (1-бөлим)

Өзине болған исенимди беккемлеўдеги биринши қәдем — қәтелерди әўметсизлик деп емес, бәлким үйрениў имканияты деп қабыллаўды үйрениў деп саналады. Егер бир нәрсе әмелге аспаса, бул сизиң басқалардан артта екенлигиңизди аңлатпайды. Керисинше, қәтелер сизди күшлирек етеди ҳәм ҳәр сапары тағы урынып көргениңизде – мақсетлериңизге жетисиўде тәжирийбели боласыз.

Әмелият та үлкен әҳмийетке ийе. Қаншама көп тәкирарласаңыз, шынығыў ислесеңиз – соншама исенимли боласыз. Бул оқыў, спорт яки басқа көнликпелерге де тийисли. Тапсырмаларды жақсырақ орынлай баслаўыңыз бенен өзиңизге исеним де артып бара береди.

Өзиңизге исенимди беккемлеў ҳәм буллингке шыдам бериў ушын төмендеги сапаларды раўажландырыў әҳмийетли:

  1. Өзиңизге исеним. Өзиңизге: “Meн буны қабыл ете аламан” деп айтып турың. Қыйыншылықларға дус келгенде де өз күшлериңизге исениң. Мысалы, биреў Сизге азап беретуғын сөз айтқан болса, өз табысларыңызды ямаса жақсы әмелге асырған жумысларыңызды еслеп көриң. Ҳәр күни киши жеңислериңизди жазып баратуғын “жеңислер күнделигин" жүргизиў де өзиңизге исенимди раўажландырыўға жәрдем береди.
  2. Moтивация. Қандайда бир нәрсени орынлай алмаған болсаңыз да, жеңилгениңизди мойынламаң. Мысалы, баҳаларыңызды жақсылаўға ҳәрекет етип атырған болсаңыз, лекин, ҳәмме нәрсе де аңсат орынланбаса, жеңилгениңизди мойынламаў әҳмийетли болады. Өзиңизге бул неге әҳмийетли екенлигин еслетип турың — бәлким бул әрманыңызға ерисиў яки жақсы университетке кириў ушын керек болады.
  3. Өз алдыңызға қойған миннетлемелер. Режеңизге әмел етиң ҳәм қыйыншылықлар алдында тоқтамаң. Мысалы, егер спорт пенен шуғылланыўға қарар еткен болсаңыз, зәрүрлиги болмаған күнлерде де кеминде пияда сейил етиң. Бул ерк-ықрар күшин беккемлеўге ҳәм  усы әдетти қәлиплестириўге жәрдем береди. Бул болса өзиңизге исенимиңизди асырыўға унамлы тәсир етеди.

Қалайынша етип өз-өзиңизге исенимлирек болыў мүмкин? (2-бөлим)

  1. Қәтелерден сабақ алыў. Қәтелер — бул жолдың ақыры емес, бәлким жақсырақ болыў мүмкиншилиги есапланады. Мысалы, егер имтиханда қәте еткен болсаңыз, нелер надурыс болғанын анализ етиң ҳәм келеси сапары жақсырақ таярлық көриў ушын усы тәжирийбеден пайдаланың.
  2. Сабыр-тақат. Ҳәттеки ҳәмме нәрсе Сизге қарсы болып атырғандай түйилсе де– жеңилгениңизди мойынламаң. Мысалы, классласларыңыз Сизиң қызығыўшылығыңыз үстинен күлмекши болса да, унатқан шынығыўларыңыз бенен шуғылланыўды даўам етиң. Бул Сизиң қарарыңызды басқалардың сөзлери буза алмайтуғынлығын көрсетеди.
  3. Баслама көтериўшилик. Баслама көтериўши болың. Бул жойбарларда қатнасыў, мектепте илажларды алып барыў яки топардағы мәселелерди шешиўди  өз жуўапкершилигиңизге алыў болыўы мүмкин. Қаншама көп жуўапкершилик алсаңыз, өзиңизге болған исеним соншама дәрежеде артады. (Баслама көтериўшилик — бул қандайда бир жумысты баслаў яки жаңа идеяларды усыныў ушын жуўапкершиликти өз миннетлемесине алыў қәлеўи есапланады. Баслама көтериўши инсан өз алдына мақсет қояды ҳәм оған ерисиў ушын белсендилик пенен ҳәрекет етеди, басқаларды да илҳамландырады.)

Жәрдем сораўдың әҳмийетин есте сақлаң!

Жеке сыпатларды раўажландырыў қаншама әҳмийетли болмасын, ҳақыйқый машқалалар жүзеге келгенде жәрдем сораў кереклигин есте сақлаў зәрүр. Егер қорқытыў яки агрессияға дус келсеңиз, бул Сизиң айыбыңыз емес ҳәм Сиз қорғаныўға ҳақылысыз. Ата-анаңызға, муғаллимлерге мүрәжат етиң ямаса исеним телефонларына қоңыраў етиң.

Буллинг жағдайында қай жерге мүрәжат етиў мүмкин?

Өзбекстандағы исеним телефонлары:

  • Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң исеним телефоны: 1006 яки +998 71 209 (дүйшемби – жума күнлери саат 09:00 ден 18:00 ге шекем)
  • «Инсан» социаллық хызметлер орайлары, балалар ҳәм жас өспиримлер ушын психологиялық жәрдем хызмети: +998 71 2395920
  • Республика «Шаңарақ» орайы: +998 71 200-00-00
  • Балаларды социаллық бейимлестириў миллий орайы:+998 71 232-38-25
  • Балалар ушын исеним телефоны: +998 71 233-99-44
  • Зәрүр жағдайларда ишки ислер органларына мүрәжат етиў яки «102» қысқа номерине қоңыраў етиў усыныс етиледи.

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi