Қалайынша  өз-өзиңизге исенимлирек болыў мүмкин? (2-бөлим)

  1. Қәтелерден сабақ алыў. Қәтелер — бул жолдың ақыры емес, бәлким жақсырақ болыў мүмкиншилиги есапланады. Мысалы, егер имтиханда қәте еткен болсаңыз, нелер надурыс болғанын анализ етиң ҳәм келеси сапары жақсырақ таярлық көриў ушын усы тәжирийбеден пайдаланың.
  2. Сабыр-тақат. Ҳәттеки ҳәмме нәрсе Сизге қарсы болып атырғандай түйилсе де– жеңилгениңизди мойынламаң. Мысалы, классласларыңыз Сизиң қызығыўшылығыңыз үстинен күлмекши болса да, унатқан шынығыўларыңыз бенен шуғылланыўды даўам етиң. Бул Сизиң қарарыңызды басқалардың сөзлери буза алмайтуғынлығын көрсетеди.
  3. Баслама көтериўшилик. Баслама көтериўши болың. Бул жойбарларда қатнасыў, мектепте илажларды алып барыў яки топардағы мәселелерди шешиўди  өз жуўапкершилигиңизге алыў болыўы мүмкин. Қаншама көп жуўапкершилик алсаңыз, өзиңизге болған исеним соншама дәрежеде артады. (Баслама көтериўшилик — бул қандайда бир жумысты баслаў яки жаңа идеяларды усыныў ушын жуўапкершиликти өз миннетлемесине алыў қәлеўи есапланады. Баслама көтериўши инсан өз алдына мақсет қояды ҳәм оған ерисиў ушын белсендилик пенен ҳәрекет етеди, басқаларды да илҳамландырады.)

Жәрдем сораўдың әҳмийетин есте сақлаң!

Жеке сыпатларды раўажландырыў қаншама әҳмийетли болмасын, ҳақыйқый машқалалар жүзеге келгенде жәрдем сораў кереклигин есте сақлаў зәрүр. Егер қорқытыў яки агрессияға дус келсеңиз, бул Сизиң айыбыңыз емес ҳәм Сиз қорғаныўға ҳақылысыз. Ата-анаңызға, муғаллимлерге мүрәжат етиң ямаса исеним телефонларына қоңыраў етиң.

Буллинг жағдайында қай жерге мүрәжат етиў мүмкин?

Өзбекстандағы исеним телефонлары:

  • Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң исеним телефоны: 1006
  • «Инсан» социаллық хызметлер орайлары: +998 71 2395920
  • Балаларды социаллық бейимлестириў миллий орайы: +998 71 281-50-17

Зәрүр жағдайларда ишки ислер органларына мүрәжат етиў яки «102» қысқа номерине қоңыраў етиў усыныс етиледи.

Aldıng’ı Keyingi