Өзиңизге исенимли болыў- Сизиң буллингке қарсы қалқаныңыз!
Өзиңе исениў — буллингке қарсы ең күшли қорғаныўлардан бири болып есапланады. Егер өзиңизге исенимиңиз жоқары болса, басқалардан келиўи мүмкин болған негативлер менен аңсатырақ гүресесиз. Өзине исенген инсан өзиниң шегараларын жақсырақ қорғай алады, “яқ” деўди билип, күш көрсетиўшилерге өзиниң қәдирин түсириўге жол қоймайды. Күш көрсетиўшилердиң тийкарғы мақсети — сизиң өзиңизге болған исенимиңизди бузыў ҳәм өзиңизден гүманланыўға мәжбүр етиў. Бирақ, өзиңизге исенимиңиз болса, буллинг тәсирине азырақ берилесиз.
Өзине исенген инсан ҳәзил ҳәм кемситиўши гәплерди жүрегине алмастан қабыллайды. Басқалардың гәплери сизиң қәдир-қымбатыңызды белгилемейтуғынлығын түсинесиз. Өзиңизге исениў қәте жибериўден қорқпаўға жәрдем береди, себеби, ҳәр бир қәте— еле де жақсырақ болыў ушын мүмкиншилик болып саналады. Бул сизге буллингке қарсы қатаң турыўға жәрдем береди ҳәм жаманлық етиўшилерге жол бермеўге мүмкиншилик жаратады.
Буллинг жағдайы Сизди жалғыз ҳәм жәрдемсиз қалғандай сезиниўиңизге алып келиўи мүмкин, лекин, ең кереклиси — гүресиўди даўам еттириў ҳәм дослар, ата-аналар яки муғаллимлерден қоллап-қуўатлаўды сораўдан қорқпаў керек.
Өзиңе исеним буллингке қарсы қандай жәрдем береди?
Буллингке дус келгенде, өзиңизге болған исеним Сизиң қалқаныңыз болыўы мүмкин. Өзине исенген инсан намысына тийетуғын гәплер ҳәм ҳәрекетлер оның қәдир-қымбатын белгилемейтуғынын биледи. Күш көрсетиўшилер Сизди кемситиўге урыныўы мүмкин, лекин, бул Сизиң кимлигиңизди ҳеш қандай көрсетип бермейди. Усыны есте сақлаў керек: көбинесе буллинг етиўшилердиң өзлериниң де өзине исеними төмен болады ҳәм олардың бул ҳәрекети өзлериниң әззилигин ҳәм қорқынышларын жасырыўға болған урыныўы саналады.
Өзиңизге исенимли болыў Сизди өзиңиз ушын гүресиўден қорқпаўға да жәрдем береди. Егер биреў Сизге азап бермекши болса, өз шегараларыңызды анық белгилеп, “Бул маған унамайды!”, “Бундай етпең!” деўиңиз мүмкин. Бул Сизиң өзиңизди қорғаўдан қорқпайтуғынлығыңызды көрсетеди. Күш көрсетиўшилер өз ҳәрекетлерин даўам еттирген пайытта да, олар Сизге тәсир ҳәм манипуляция етиў қыйынлығын түсинеди.
Қыйыншылықларға дус келгениңизде жәрдем сораўдан қорқпаң. Өзиңизге исенимди раўажландырыўды даўам етиң ҳәм өз шегараларыңызды қатаңлылық пенен қорғаң! Лекин, бул төбелесиўге яки физикалық күш көрсетиўге айланса, Сиз жасы үлкенлерден (муғаллимлер, ата-ана) жәрдем сораўыңыз керек болады. Жәрдем сораў қорқақлық емес, керисинше, бул аянышлы ақыбетлердиң алдын алыўға көмек береди.
Сондай-ақ, өзине исениў темасы ҳаққында төмендеги мақалалардан билип алыўыңыз мүмкин:
Қалайынша өзине қарай исенимлирек болыў мүмкин? (еки- бөлимде)
Қалайынша өзине исенимди раўажландырыў ҳәм буллингке қарсы гүресиў мүмкин?