Депрессияға қарсы гүресиў: кейпиятты жақсылаў ушын жас өспиримлерге әпиўайы мәсләҳәтлер
Депрессия — бул мәзи жаман кейпият яки ўақтыншалық уўайым-қайғы емес. Бул жағдай узақ даўам етиўи ҳәм толық өмир кешириўимизге тосқынлық етиўи мүмкин. Бирақ, оның дәслепки басқышларында психологлардың бир неше әпиўайы мәсләҳәтлерине әмел еткен ҳалда ғәрезсиз рәўиште жеңиўиңиз мүмкин.
Депрессияда өз-өзин қоллап-қуўатлаўдың 5 усылы
Егер депрессия жүдә аўыр болмаса, оны өзиңиз жеңип өтиўге ҳәрекет етиўиңиз мүмкин. Төменде кейпиятты жақсылаўға жәрдем беретуғын бир неше усыллар келтирип өтилген.
1.Спорт пенен шуғылланың. Дене тәрбиясы искерлиги кейпиятты жақсылаўдың әжайып усылы болып саналады. Спорт пенен шуғылланғаныңызда, организмде "бахыт гормонлары" — эндорфинлер ислеп шығарылады. Йога, аяқ ойын яки актив сейил етиўде аўҳалымызды жақсылаўы мүмкин. Ҳәр күни 30 минуттан дене тәрбиясы шынығыўларын орынлаўға ҳәрекет етиң.
2. Сейил етиң ямаса үйден шығың. Ҳәттеки жаңа орынларға киши саяхатлар, таза ҳаўада сейил етиў яки жаңа тәсирлер артыўына жәрдем бериўи мүмкин. Өзиңизге унамлы инсанлар қоршаўында болың ҳәм жалғыз қалмаўға ҳәрекет етиң.
3. Meдитация ямаса басқа дем алыс усылларын сынап көриң. Meдитация пикирлерди тынышландырыўға ҳәм тынышланыўға жәрдем береди. Сондай-ақ, арт-терапия, массаж яки өз-өзиңизге ғамқорлық етиўдиң басқа усылларын сынап көриўиңиз мүмкин, олар стрессти азайттырады.
4. Сыртқы көринисиңизге итибар бериң. Өзимизди жаман сезген пайытта сыртқы көринисимиз әҳмийетсиздей түйилиўи мүмкин. Бирақ, егер өзиңизге итибар қарата алсаңыз, бул кейпиятты жақсылаўы мүмкин. Әпиўайы усыллар— жуўыныў, шашыңызды жағымлы түрде тараў яки унатқан кийимиңизди таңлаў — унамлы тәсир көрсетиўи мүмкин.
5. Дурыс аўқатланың. Ҳәттеки иштейиңиз жоқ болса да, аўқатланыўды өткерип жибермеў керек. Mийўeлер ҳәм палыз өнимлеринде бар болған микроэлементлер улыўмалық жағдайды жақсылаўға ҳәм иммунитетти қоллап –қуўатлаўға жәрдем береди.
Eслетпе! Депрессия жағдайында әҳмийетли қарарларды қабылламаған мақул болады — себеби, бул пайыттағы пикирлеўиңиз анық болмаўы мүмкин ҳәм бул қарарлар келешекте сизиң зыяныңызға ислеў итималы бар.
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)