Toлық уйқы ушын шараятлар жаратыў ҳәм азанда энергияға толып ояныў сырлары
Сапалы уйқы – бул тек ғана дем алыў емес, бәлким жақсы кейпият, беккем ден саўлық ҳәм жоқары нәтийжелиликтиң тийкары болып табылады. Ҳәр күни күш қуўатқа толы ҳәм көтериңки кейпиятта ояныў ушын тек ғана қолайлы орын таңлаў емес, бәлким бир неше әпиўайы қағыйдаларға әмел етиўде әҳмийетли.
Уйқы ушын шараятларды жаратыў – бул әҳмийетли қәдем, лекин күнделикли әдетлер оннан аз әҳмийетке ийе емес. Турақлы күн тәртибине әмел етиў, дурыс аўқатланыў түнги дем алыўыңызды сапалырақ ҳәм нәтийжелирек етеди. Төменде толық уйқы ушын керекли болған әпиўайы қағыйдаларды көрип шығамыз .
Уйқы ушын қолайлы шараятларды қалайынша жаратыў мүмкин?
Қолайлы шараятлар – жақсы уйқының әҳмийетли бөлими. Бунда жататуғын орныңызды дурыс шөлкемлестириўиңиз керек:
- Қолайлы жататуғын орын. Уйқылайтуғын орныңыз сондай қолайлы болыўы керек, денеңиз толық дем ала алыўы тийис. Жүдә жумсақ емес, жүдә қатты да болмағаны мақул.
- Қараңғылық ҳәм тынышлық. Уйқылаў пайытында светти, телефонды ҳәм басқа да қурылмаларды өширип қойың. Экраннан шығатуғын көк нур мелатонин – уйқыда жәрдем беретуғын гормон ислеп шығарылыўына тосқынлық етеди.
- Уйқыдан алдын хананы самаллатыў. Таза ҳаўа тезирек уйқылаўыңызға ҳәм уйқы сапасына унамлы тәсир көрсетеди.
- Mәсләҳәт. Уйқылаўдан алдын телефонды алысыраққа алып қойың ҳәм китап оқыў яки жағымлы музыка еситиўге ҳәрекет етиң. Бул тезирек уйқылаўға ҳәм жақсы дем алыўға жәрдем береди.
- Уйқының сапасын жақсылаў ушын не ислеў керек?
Уйқыдан максимал пайда алыў ушын төмендеги қағыйдаларға әмел етиў керек:
- Турақлы күн тәртиби. Ҳәр күни, ҳәттеки дем алыс күнлеринде де , бир ўақытта уйқылаў ҳәм ояныўға ҳәрекет етиң. Бул организмиңиздиң тәртипке бейимлесиўине жәрдем береди.
- Kүндизги пайытта көп уйқылаўдан сақланың. Kүндизги пайытта нормадан зыят уйқылаў түнги уйқының бузылыўына себеп болыўы мүмкин.
- Keшки пайытта көп аўқат жемең. Үлкен муғдардағы желинген аўқат уйқыға кесент бериўи мүмкин. Жағымлы йогурт ямаса мийўе менен жеңил аўқатланған жақсырақ болады.
- Mәсләҳәт: Егер уйқылаўға қыйналсаңыз, уйқыдан алдын дем алыў техникаларын, мысалы, дем алыў шынығыўлары яки медитацияны сынап көриң. Бул организмиңизди уйқыға таярлаўға жәрдем береди. Ядта сақлаң, уйқыңыз жағдайыңызға, кейпиятыңызға ҳәм ҳәттеки оқыўдағы табысларыңызға тиккелей унамлы тәсир етеди. Егер тойып уйқыласаңыз, көбирек энергияға ийе боласыз.