03_Myths.width-360.png

Надурыс түсиниклер

ФАКТ

Коронавирус ықлым шәраятының қандай болыўына қарамастан жуғыўы мүмкин. Кеселликтиң алдын алыўдың ең жақсы усылы - қолларыңызды тез-тез сабынлап жуўыў ямаса қурамында спирт болған ѳнимлер менен артып турыў.

ФАКТ

Ҳеш қандай симптомға ийе емес адамлар да, сондай-ақ балалар да вирусты басқаларға жуқтырыўы мүмкин. Сонлықтан, аралық қашықлықты сақлаў ҳәм қолларды тез-тез жуўып турыў әҳмийетли саналады.

ФАКТ

Антибиотиклер вирусларға тәсир етпейди. Олар тек ғана бактерияларды ѳлтире алады. Коронавирус кеселлигиниң белгилерин сапсластырыў ушын басқа усыллар қолланылады.

ФАКТ

Ҳәмме де вирусты жуқтырыўы мүмкин. Кексе адамлар ҳәм қосымша кеселликлери бар адамлар (диабет, гипертония ҳәм жүрек-қан тамыр кеселликлери) бийтаплыққа ҳәм оның аўыр кешиўине кѳбирек бейим болады.

ФАКТ

Ҳәмме де шаңарағы ҳәм досларын кеселликтен қорғаўға жәрдем бере алады.

Сиз кеселликтиң тарқалыўын тоқтатыўға мына жоллар менен жәрдем бериўиңиз мүмкин: аралық қашықлыққа итибар бериң, қолыңызды тез-тез сабынлап жуўың, жүзиңизди усламаң, билегиңиздиң бүгилген жерине аўыз ҳәм мурныңызды басып түшкириң ҳәм/ямаса жѳтелиң ҳәм жәмийетлик орынларда маска тағың.

COVID-19-ға қарсы вакцинация кеселликтиң тарқалыўының алдын алыўшы ең нәтийжели усыл болып табылады.

Aldıng’ı Keyingi