06_Student_Expert_zf5lNH6.width-360.png

COVID-19ға қарсы вакциналар

Вакцинация сизге COVID-19 бенен кеселленбей ямаса басқаларға кеселликти жуқтырмай-ақ иммун системаңызды қәўипсиз тәризде беккемлеўге имкан береди.

COVID-19ға қарсы вакциналардың бир неше түрлери бар. Олар COVID-19дан қорғаў ушын қәўипсизлиги ҳәм нәтийжелилиги жағынан толық сыналған. Векторлы вакциналар (Sputnik Lite ҳәм J&J) тек бир доздан ибарат, ал мРНК-вакциналары (AstraZeneca, Pfizer, Moderna) еки ямаса үш дозада қабыллаў талап етиледи. Буннан тысқары, COVID-19дан нәтийжелирек қорғаныў ушын вакцинациядан соң 4-6 ай өткерип, бустер дозаларын қабыллаў тийис.

COVID-19қа қарсы вакцинациядан соң жеңил кери тәсирлер пайда болса да, бул сизиң COVID-19ды жуқтырғаныңыздан дәрек бермейди. Вакциналарда тири вируслар қолланылмайды.

Дене ыссылығының кѳтерилиўи, шаншылған орында аўырыўдың пайда болыўы ҳәм ҳәлсизлик организмниң вакцинаға қарсы нормал реакциясы болып, олар 2-3 күннен соң жоғалады. Егер шаншыўдан соң сиз қандай да бир белгилерди байқасаңыз, жергиликли поликлиникадағы емлеўши шыпакериңизге хабарласың.

COVID-19 вакциналары туўралы көбирек мағлыўмат алыў ушын

Усы силтемени басқанда тѳменде кѳрсетилген бет ашылыўы тийис:

If you cannot view the above video, you can instead download it.

Aldıng’ı